Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министри тайынланды



Қарақалпақстан хабар агентлигиниң мәлим етиўинше, Уснатдинова Жумагүл Шараповна Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги билимлендириў министри сыпатында жумыс баслады.
2017-жылдың 7-август сәнесинен бүгинги күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министриниң орынбасары лаўазымында ислеп келген. Ж.Уснатдинова еки жоқары оқыў орнын тамамлаған. Қәнигелиги бойынша рус тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы, қаржы қәнигеси есапланатуғын ол алдын Хожели қаласындағы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң рус тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси улыўма бөлиминиң бас қәнигеси,  Министрлер Кеңеси Баслығының социаллық мәселелер бойынша орынбасары секретариаты бас қәнигеси, экономика ҳәм социаллық раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасарының секретариат баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы, соң секретариат баслығы, Министрлер Кеңесиниң орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў басқармасы баслығының руўхыйлық ислери бойынша орынбасары, Нөкис турмыслық хызметин көрсетиў ҳәм экономика  кәсип өнер колледжиниң директоры лаўазымларын атқарып келген.
 
    2017-11-14 07:09:36 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine