Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қарақалпақстан бойлап «Автокәрўан-2018» жолға шықты



 Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы тәрепинен «Автомотоҳәўескерлер» кеўиллилер жәмийетиниң республикалық кеңеси менен биргеликте шөлкемлестирилген «Автокәрўан-2018» республикамыз бойлап жолға шықты.Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң усы жыл 23-февраль күнги бийлигине муўапық усы жыл 1-марттан 1-апрель аралығында республикамызда өткерилип атырған Ҳәрекет қәўипсизлиги айлығы шеңберинде шөлкемлестирилген илаждың тийкарғы мақсети, жол ҳәрекети ҳәдийселериниң алдын алыў, пуқаралар арасында жол ҳәрекети қәделерин кеңнен үгит-нәсиятлаў болып табылады. «Айдаўшы, умытпа, сени шаңарағың күтпекте!», «Сизсиз шаңарағыңыз бахытсыз!», «Неге бизди таслап кеттиң, әкежан!», «Айдаўшы қолындағы телефон – қәўип-қәтерге себеп!», «Жолларда балаларды сақлайық!» сыяқлы плакатлар менен безетилген автомашиналар кәрўаны қала ҳәм районлардағы адамлар көп жыйналатуғын орынларда болып, илаждың мақсети, республикамыз аймағында жүз берип атырған жол-транспорт ҳәдийселери, олардың келип шығыў себеплери бойынша түсиник жумысларын алып барады. «Автокәрўан-2018» илажы  республикамыз бойлап даўам етпекте.
 
Д.АБИБУЛЛАЕВ
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.
 


    2018-03-26 13:00:01 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine