Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студентлери телефон арқалы төлем контракты ҳаққында биле алады



Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студентлери енди контракт суммалары ҳаққындағы мағлыўматларды қәлеген жерде турып билиў имканиятыне ийе болады.
Университеттиң информациялық қәўипсизлигин тәмийинлеў бөлими баслығы Наўрыз Нөкисбаев өз дөретўшилигинде және бир жаңалық ашты.
 «Студент жаслар төлеген контракт ҳәм қарыз муғдары ҳаққында ID кодлары арқалы билип барыўы мүмкин» - дейди бағдарлама тийкаршысы Н.Нөкисбаев
ID код – ҳәр бир студент тек өзи билетуғын кодлар болып, ол арқалы тек өзине тийисли төлем суммаларын билип барылады.
Бул бағдарлама андроид телефонлары ушын арналған болып,(APK format) оннан қолланыў ушын karsu.uz сайты арқала жүклеп алынады ҳәм арнаўлы ID кодлары арқалы контрактқа төлеген суммаңызды тексерип барасыз. Ҳәр бир студент тек өзине тийисли ID кодына ийе болады.
 
Парахат Ажимуратов
ҚМУ журналистика тәлим бағдары 3-курс студенти
    2019-02-06 16:35:32 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine