Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли директоры тайынланды
Аяпберген Алланиязов Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли директоры етип тайынланды. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы мәденият министрлиги мәлим етти.
Аяпберген Алланиязов буған шекем 2017-жылдан баслап Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң халық дөретиўшилигин ҳәм ҳәўескерлигин раўажландырыў сектор баслығы лаўазымында ислеп келген.
Усы жылдың 30-октябрь күнинен баслап «Айқулаш жулдызлары» Қаракалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли директоры етип тайынланды.