Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қанлыкөлши исбилермен Қытайда бизнес сапарда болды



Қанлыкөл районының «QURILIS INVEST QANLIKOL» жеке кәрханасының баслығы Джуманиязов Маҳмуд 2018-жылдың 14-21-март күнлери Қытай мәмлекетиниң Пекин қаласында өткерилген «Construe Tech - 2018» көргизбесинде қатнасып қайтты.
Сапар даўамында, Қытай мәмлекетиндеги Өзбекстан елшиханасында ушырасыўлар өткерилип, онда Қытай мәмлекети Пекин қаласының 20 дан аслам исбилерменлери қатнасып, мәмлекетимиз делегациясы менен ушырасты.
Ушырасыў барысында, фармацевтика тараўында хызмет көрсетип киятырған исбилерменлер менен пикир алмасып, район аймағында қоспа кәрханалар қурыў, қолайлы инфраструктураға ийе жер майданын ажыратыў, мәмлекетимизде инвесторлар ушын жаратылған қолайлықлар ҳаққында сәўбетлести.
Соның менен бирге, Қытай мәмлекетинде хызмет көрсетиўши кәрханалардан бири «SANY» қурылыс кәрханасының Пекин қаласындағы офисинде өткерилген ушырасыўда, усы кәрхана тәрепинен ислеп шығарылып атырған заманагөй үскенелер, қурылыс материаллары менен таныстырылды.
Буннан тысқары,  сапар даўамында, Қытайда ислеп шығарылып атырған заманагөй үскенелерди сатып алыў бойынша бир қатар шәртнамалар дүзилди.
 
Дерек: Район ҳәкимлиги
    2018-03-27 12:08:41 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine