Қанлыкөлли китапханашы «Central Asia-2019» жолламасына ийе болды
«INFOLIB-2018» VII Миллий мәлимлеме китапханасы ҳәптелиги шеңберинде өткерилген «Мәлимлеме китапхана мәкемелериниң ең жақсы қәнигеси-2018» кәсиплик таңлаўының Өзбекстан Республикалық басқышында Қанлыкөл районы мәлимлеме ресурс орайы хызметкери Оразбаева Наргиза Рустемовна қатнасып сыйлы орынды алыўға миясар болды ҳәм 2019-жыл апрель айында өтетуғын «Central Asia-2019» пән, тәлим, мәденият ҳәм бизнесте интернет ҳәм мәлимлеме китапхана ресурслары» XIII Халықаралық конференциясында қатнасыў «Сертификат»ына ийе болды. Бул ҳаққында Қанлыкөл район ҳәкимлиги хабар берди.