Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қанлыкөлде «Жаслар – келешек қурыўшысы» атамасында бос жумыс орынлары ярмаркасы өткерилди



Қанлыкөл районлық бәнтликке көмеклесиў орайы, район ҳәкимлиги ҳәмде Өзбекстан Жаслар аўқамы районлық Кеңеси тәрепинен район жаслары ушын «Жаслар – келешек қурыўшысы» атамасында  жас  исбилерменлер, өнерментлер ҳәм фермер хожалықлары тәрепинен жаңа жумыс орынлары мийнет ярмаркасы өткерилди. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги хабар берди.
Ярмаркаға район аймағындағы 42 артық кәрхана, фермер хожалықлары ҳәм исбилерменлик субъектлери бос жумыс орынлары ҳәм вакант лаўазымлары,  исбилермен ҳәм фермер хожалықлары бос жумыс орынлары менен қатнасты.
Бос жумыс орынлары ярмаркасында район аймағындағы жумыссыз жаслар ҳәм аймақ пуқаралар қатнасты. Мәмлекетлик кәрханалар тәрепинен усынылған бос жумыс орынларына сол жердиң өзинде 2 жас жумыс пенен тәмийинленди, 7 пуқараға жумысқа орналасыўы ушын жолламалар берилди,  жумыс бериўшилер менен шәртнамалар дүзилди.
 Сондай-ақ, «Халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳаққында»ғы нызам талаплары тийкарында 10 жумыссыз пуқаралар өз қәнигеликлери бойынша тараў қәнийгелери тәрепинен коммерциялық банклерден жеңиллетилген кредитлер алыў, жумысқа орналасыў ўақтында норматив ҳүжжетлерди рәсмийлестириў, питкериўшилердиң ҳуқық ҳәм еркинликлери, ис ҳақы, мийнет дем алыслары  бойынша толық мағлыўматлар алды.
    2018-11-27 17:23:03 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine