Қанлыкөлде шаңарақ мәмлекетлик емес балалар бақшасы пайдаланыўға тапсырылды
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 30-июльдағы «Шаңарақ мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мекемелерин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 595-санлы қарары талаплары тийкарында, республикамыздың барлық орынларында шаңарақ мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мекемеси шөлкемлестирилмекте.
Қанлыкөл районы «Бескөпир» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 25 орынға мөлшерленген шаңарақ мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мекемеси өз жумысын баслады.
Сондай-ақ, район аймағында 6 шаңарақ мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мекемеси жумыс алып бармақта. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги хабар берди.