Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қанлыкөлде кем тәмийинленген, жумыссыз пуқараларға 4% ставкада микрокредит бериледи



Шаңарақ исбилерменлигине қызығыўшы шаңарақларды үйренип шығыў, жеңиллетилген микро кредит қаржыларын алыўшы шаңарақлар ҳәм бул кредитлер есабынан шөлкемлестирилетуғын жумыс түрлерин анықлаў бойынша Қанлыкөл районындағы 4 сектор аймақларында жуўапкер ўәкилликлер тәрепинен пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында пуқаралар менен ушырасыўлар өткерилип, түсиндириў жумыслары алып барылды, деп хабар берди район ҳәкимлиги.
Ушырасыўлар даўамында, коммерциялық банклердиң районлық бөлимлери тәрепинен  аймақлардағы кем тәмийинленген, жумыссыз пуқаралар менен колледж питкерген жасларға жеңиллетилген мақсетли микро кредит алыў тәртиплери ҳаққында түсиниклер берилип, оларда пуқаралар тәрепинен  исбилерменлик пенен шуғылланыўы ушын әсбап-үскенелер, жумсалатуғын материаллар, буйымлар, жеке кәрханалар ашыў ушын заманагөй ислеп шығарыўшы ҳәм компьютер сервис ушын техникалар алыў, сондай-ақ, жеке тамарқаларын раўажландырыў, киши теплицаларды шөлкемлестириў, шарўашылық ҳәм қусшылық пенен шуғылланыў бойынша билдирилген усыныслар район ҳәкимлиги тәрепинен қоллап-қуўатланып, бәрше имканиятлар жаратып берилетуғынлығы түсиндирилди.
Мақсетли микро кредитлер халық банкиниң районлық бөлими тәрепинен қарыз алыўшыларға 6 айға шекем болған жеңиллетилген дәўир менен 3 жыл мүддетте ең кем ис ҳақының 100 есеси муғдарына шекем жыллық 4 % ставкада бериў тийкарында, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы социаллық турмыс дәрежесин еледе жақсылаў нәзерде тутылған.
    2018-02-06 07:23:46 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine