Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қанлыкөл районында заманагөй пластик айна ҳәм есиклерди ислеп шығарыўшы кәрхана өз жумысын баслады



Ҳүкиметимиз тәрепинен республикамызда исбилерменлик ҳәм киши бизнести раўажландырыў бойынша қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлары негизинде, Қанлыкөл районының «Наўрыз» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында заманагөй пластик  айна ҳәм есиклер ислеп шығарыўшы кәрхана өз жумысын баслады, деп хабар бермекте район ҳәкимлиги.
 «Қурылыс Инвест Қанлыкөл» жеке меншик кәрханасы тәрепинен алдын пайдаланбай, қараўсыз қалған имарат Ҳүкиметимиз қарары негизинде «ноль» баҳада алынып, жәми 844 млн сўмлық инвестиция киритилди.
Бүгинги күни Наргиз Дошымбетова басшылық етип атырған бул кәрханада жәми 5 пуқара турақлы жумыс пенен тәмийинленген болып, район халқына заманагөй пластик айна ҳәм есиклер исленбекте.
Буннан тысқары, кәрхана жанынан монша қурылып, аймақ турғынларына хызмет көрсетпекте.
 
    2018-02-01 07:14:17 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine