Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қанлыкөл районында лимон нәллерин жетистиретуғын ыссыханалар қурылды



Фермер хожалықларында кем қәрежетли арзан ыссыханалар қурыў  ушын жер қазыў техникалары менен жер майданларын таярлаў бойынша  Қанлыкөлде бир қатар жумыслар алып барылмақта, деп хабар бермекте район ҳәкимлиги.
Қанлыкөл районындағы «Сүўенли» ирригация тармақлары басқармасы тәрепинен «Жаңа қала» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 1,5 соток ҳәм де районлық Мелиорация тармақлары басқармасы жанынан 1,5 соток жер майданда ыссыханалар қурылды.
Ыссыханаларға Ургенч қаласынан алып келинген 3 жыллық 50 дана лимон нәллери егилип, ҳәзирги ўақытта нәллер гүллемекте.
Ыссыханаларда буннан тысқары, 15 таўық бағылып, қосымша майданға чеснок, көк пияз, укроп егилип, нәллерге агротехникалық талаплар тийкарында тәрбия берилмекте.
 
    2018-02-01 10:42:38 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine