Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қанлыкөл районында «Көшпели қабыллаў» шөлкемлестирилди



Өзбекстан Республикасы Президентиниң Админстрациясы жуўапкер хызметкери И.Юсупов, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасы Халық қабыллаўханасы баслығы Ҳ.Ҳалимов ҳәм басқада тийисли тараў басшылары менен биргеликте халықтың социаллық жағдайын жақсылаў ҳәм ушырасып атырған машқалалардың шешимин табыў мақсетинде Қанлыкөл районы «Жайҳун» мәкан пуқаралар жыйынында «Көшпели қабыллаў»  шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги хабар берди.
 «Көшпели қабыллаў»да халықтың социаллық турмыс жағдайы, орын алып атырған машқалалар бойынша физикалық ҳәм юридикалық шахслардан  жәми 16 түрли мазмундағы қабыл етилген мүрәжатларда билдирилген солардан 12 мүрәжат усы жердиң өзинде шешимин тапты. Соның менен бирге, илаж даўамында, аўыллық шаңарақ поликлиникалары ҳәм аўыллық шыпакерлик пунктлериниң алыс аймақлардағы пуқаралардың саламатлығын бақлап баратуғын 20 патронаж мийрибикелерине велосипедлер саўға етилди.
 
    2019-01-08 11:11:35 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine