Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қанлыкөл районы ҳəкиминиң есабаты тыңланды



Республикамызда Мәҳәлле институтын раўажландырыў бойынша бир қанша нызам ҳәм нызам асты ҳүжжетлери қабыл етилип, «Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамына муўапық, жылдың ҳәр шерегинде Қарақалпақстан Республикасы, районлар ҳәм қалалар атқарыўшы уйымлары басшыларының пуқаралар жыйынлары жумысындағы мәселелер бойынша есабатларын тыңлаў белгиленген.
Усы мүнәсибет пенен Қанлыкөл районы ҳәкими Қосназаров Мэлс Идреисович тәрепинен район аймағындағы пуқаралар жыйынларында есабат бериў кестеси тийкарында, «Мәденият», «Дослық» мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм «Қанлыкөл» посёлка пуқаралар жыйынлары мысалында есабаты тыңланды.
Есабат жыйналысына район аймағындағы мекеме, кəрхана ҳəм шөлкемлер, билимлендириў мекемелери менен ҳуқық қорғаў ҳəм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары басшылары менен пуқаралар жыйынлары ўәкиллери қатнасты.
Район ҳәкими есабатында, 2017-жыл даўамында социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған жумыслар тийкарынан мәмлекетлик дәстүр негизинде алып барылған илажлар бойынша кең түрде айтып өтилди.
Районда ҳәзирги күнде 808 киши бизнес субъектлери хызмет көрсетип атырған болып, хызмет көрсетиў тараўында — 7,1 млрд сўмлық 14, сервис тараўында — 7,0 млрд сўмлық 50 ҳәм аўыл хожалығы тараўында — 2,5 млрд сўмлық 28 проектлер әмелге асырылып, санаат бағдары бойынша 2017-жылда жәми 17 млрд сўмлық санаат өнимлери ислеп шығылды.
Сондай-ақ, район аймағында дәстүр тийкарында 2101 жаңа жумыс орынлары жаратылып, ҳәзирги күнде жәмийетшилик тийкарында абаданластырыў жумысларына январь айында 30 пуқара дизимге алынып, бәнтлиги тәмийинленди.
Район аймағындағы «Мәденият» мәкан пуқаралар жыйынында улыўма 1154,0 млн сўмлық абат ҳәўлилери болған имәратлар менен биргеликте майданы 0,02 га болған жер участкаларында жайласқан бир қабатлы 3 ханалы 10 дана, «Дослық» массивинде 1 дана 16 квартиралы үлгили арзан жайлардың ишки ҳәм сыртқы пардозлаў жумыслары жуўмақланды.
«Мәденият» мәкан пуқаралар жыйынында 147,6 млн сўмлық 1,4 км ишимлик суў тармағы жаңадан қурылды ҳәм 390,0 млн сўм болған 2,3 км суў тармағындағы реконструкция жумыслары толығы менен жуўмақланып, сол аймақта жәми 833,9 млн сўмлық 5,4 км асфальт жолларын оңлаў жумыслары алып барылды.
«Қанлыкөл» посёлка пуқаралар жыйыны, «Мәденият» ҳәм «Дослық» мәкан пуқаралар жыйыны аймақларына хызмет көрсетиўши профилактика инспекторына «Қанлыкөл» ППЖ аймағынан сметалық баҳасы 125,0 млн сўм болған жаңадан үш ханалы хызмет турақ жайы пайдаланыўға тапсырылды, басқа профилактика инспекторларына өз аймақларынан  хызмет турақ жайы қурылысы жумыслары алып барылмақта.
Соның менен бирге, район аймағында ҳәзирги күнде жәми 833,9 млн сўмлық 5,4 км асфальт жолларын оңлаў жумыслары алып барылды.
Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтың усынысы менен жаңа 2018-жыл «Жедел исбилерменлик, инновациялық идеялар ҳəм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» —деп жәрияланыўы мүнәсибети менен фермер хожалықлары ушын қолай болған жаңа ўазыйпалар ислеп шығылды.
Буннан тысқары, районда 2018-жылда 18,9 млрд. сўмлық қурылыс жумыслары алып барыў режелестирилген болып, олардан районлық мәмлекетлик санитария-эпидемиология бақлаў орайының жаңа имараты, 1 аўыллық шаңарақлық шыпакерлик пункти, 2 мектепте ҳәм 2 балалар бақшасы, 2 қабатлы көп квартиралы жайлардың оңлаў жумысларын алып барыў ҳәмде 1,5 млрд сўмлық суў тармақларын, 1,633 млрд сўмлық асфальт жолларды оңлаў жумыслары, сондай-ақ, «Мәденият» мәкан пуқаралар жыйынында  500 млн сўмлық суў тармақлары ҳәм Қоңырат, Айдын жол, М.Нурмухаммедов көшелерине асфальт тартыў жумыслары режелестирилген.
Соның менен бирге, аймақты раўажландырыў, халықтың турмыс жағдайын жақсылаў бойынша ҳүкиметимиз қарарлары тийкарында ислеп шығылған дәстүрлер негизинде ислеп шығарыўды жолға қойыў, шарўашылық, қусшылықты раўажландырыў, теплицалар шөлкемлестириў ҳәм сол арқалы халықтың азық-аўқатлық өнимлерге болған талабын қанаатландырыў, сондай-ақ, киши бизнес бенен шаңарақ исбилерменлигин жолға қойыўда коммерциялық банклердиң районлық филиаллары арқалы жеңиллетилген кредитлер есабынан бизнесин баслаўда барлық имканиятларды жаратып, районымыз экономикасы потенциалын көтериўде тийкарынан өндиристи раўажландырыў бойынша ис-илажлар ислеп шығылмақта.
Ушырасыў барысында, Қазақстан Республикасы, Ақтөбеде «Шымкент-Самара» автомобиль жолында жолаўшылар автобусында өрт пайда болыўы ақыбетинде 52 Өзбекистан Республикасы пуқараларының қурбан болып, онда жолаўшылардың ең кишкенеси 19 жаслы, ең үлкени 53 жаслы болған пуқаралар Россия мәмлекетине жумыс ислеў ушын баратырған кеўилсиз жағдайға ушырағанлығы айтып өтилди.
Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен бул қайғыға дуўшар болған шаңарақ ағзаларына кеўил айтып, қаржылай жәрдем ажыратылды. Арнаўлы комиссия дүзилип, ўақыя себеплери үйренилди.
 Усындай қайғылы жағдайларды болдырмаў мақсетинде, сырт елде жумыс ислеўшилерге арнаўлы тәртип қағыйдалары тийкарында нызамлы шәртнамалар, олардың мүддетли ҳәм даўамыйлығына қарай   жумыс түрлери ҳаққында кең түрде түсиниклер берилип, район аймағындағы жасларға жаратылып атырған жумыс орынлары ҳаққында мағлыўматлар берилди.
 
Дерек: Қанлыкөл районы ҳәкимлигиниң рәсмий сайты
    2018-02-09 07:29:46 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine