Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қанлыкөл районы «Қосжап» АПЖда көшпели қабыллаў өткерилди



Жақында өткерилген бул көшпели қабыллаўда Жынаят ислери бойынша Қанлыкөл районлық судының баслығы Елиубай Абибуллаев, район Ҳәкимшилик суды баслығы Жанат Аймаганбетова, район Әдиллик бөлими баслығы Тимур Асанов ҳәм тағы басқа тийисли тараў қәнигелери менен аймақ турғынлары қатнасты. Көшпели қабыллаў даўамында жыйналған халыққа мәмлекетимизде жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бағдарында исленип атырған жумыслар, қабыл етилип атырған нызамлар ҳәм норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун мәниси түсиндирилди. Сондай-ақ, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүражатлары қабылланды.
Жынаят ислери бойынша Қанлыкөл районлық судының баслығы Е.Абибуллаевтың атап өтиўинше, жынаятшылықтың алдын алыў бойынша елимизде Президентимиздиң тапсырмасы менен әмелге асырылып атырған жумыслар нәтийжесинде, сондай-ақ, суд органлары тәрепинен пуқаралар менен турақлы өткерилип атырған илажлар нәтийжесинде аймақтағы жынаятшылықтың саны кемейген. Ерисилген бул нәтийжени еле де жақсылаў, халықтың тыныш ҳәм абадан турмыста жасаўын тәмийинлеў мақсетинде бундай көшпели қабыллаўлар жыл даўамында тез-тезден өткерилип турылыўы белгиленген.
Ал, район Әдиллик бөлими баслығы Т.Асановтың атап өткен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 20-апрель күнги «Пуқараларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳәм өз басымшалық пенен қурылған турақ жайларға мүлк ҳуқықын бериў бойынша бир мәртелик акциясын өткериў ҳаққында»ғы ПП-5421-санлы Пәрманы тийкарында районда бир қанша нәтийжели жумыслар әмелге асырылған. Т.Асанов көшпели қабыллаў даўамында жоқарыда атап өтилген Президент пәрманы ҳаққында жыйналғанларға толығырақ мағлыўмат берип өтип, қатнасыўшылардың бул бойынша берген сораўларына жуўаплар берди.
Көшпели қабыллаў соңында аймақ турғынларының мүражатлары тыңланып бул мәселелерди шешиў бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
    2019-02-07 15:34:51 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine