Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

«КАМАЛАК БИЛИМДАНЛАРЫ»  АНЫҚЛАНДЫ



Бурын хабар етилгениндей, усы жыл 1–3-май күнлери аралығында пайтахтымызда Өзбекстан жаслар аўқамы тәрепинен өткерилетуғын «Камалак билимданлары» таңлаўының Өзбекстан Республикалық басқышы жуўмақланды.
14 командадан ибарат таңлаў қатнасыўшылары пайтахтымыздағы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында шәртлер бойынша өз билимлерин сынақтан өткерди. Тәжирийбели төрешилер тәрепинен таңлаў жеңимпазлары анықланды. Атап айтқанда, Сырдәрья ўәлаятының «Гүлистан» районындағы 17-санлы улыўма билим бериў мектебиниң «Бахытлы балалар» командасы биринши, Шымбай районындағы 45-санлы улыўма билим бериў мектебиниң «Көзмоншақ» командасы екинши, Ташкент қаласы «Чиланзар» районының 195-санлы улыўма билим бериў мектебиниң «Камалак дизгинлери» командасы үшинши орынға ылайықлы, деп табылды. Таңлаўда барлық қатнасыўшылар «Ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықланды. Сондай-ақ, жеңимпазлар, елимиз бойлап шөлкемлестирилетуғын Бухара, Самарқанд, Шаҳрисабз, Қоқанд, Термиз ҳәм Хийўа қалаларының бирине  саяхат етиў имканиятына ийе болып, қымбат баҳалы ноутбук пенен сыйлықланды.
Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы
    2018-05-04 12:11:40 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine