Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қаламызда урыс жылларының қосық ҳәм намалары жаңлады



Нөкистеги Әмир Темур атындағы мәдений дем алыў бағында Еслеў ҳәм қәдирлеў күни алдынан «Ҳеш ким, ҳеш қашан умытылмайды» темасында концерт бағдарламасы болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 16-апрельдеги «Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде республикамызда «Инсан қәдири уллы, еслеў муқаддес», «Мәртлик, парыз ҳәм садықлық» ураны менен кең көлемли  илажлар өткерилмекте.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық сазлы театры, Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры, Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжи, Арқа-Батыс әскерий округиниң Нөкис гарнизоны әскерлери тәрепинен атқарылған урыс жылларының қосық ҳәм намалары жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды. Иләжда «Смуглянка», «Катюша», «Офицеры», «Журавли», «Жеңис күни» қосықлары атқарылды.
Урыс жылларының қосық ҳәм намаларынан дүзилген бундай концерт бағдарламасы республикамыз бойлап даўам етпекте, деп жазады Қарақалпақстан хабар агентлиги.
 
    2018-05-03 12:10:35 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine