Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Joqarı maǵlıwmat haqqındaǵı diplomlardıń jańa úlgileri tastıyıqlandı



Derek: norma.uz

Министрлер Кабинетиниң 19.07.2019-жылдағы 607-санлы қарарына муўапық олар 2019/2020-оқыў жылынан баслап енгизиледи. Ҳүжжетте бакалавр ҳәм магистр дипломлары, сондай-ақ жоқары оқыў орынларынан шетлетилген жағдайда академиялық мағлыўматнаманың мәмлекетлик үлгилери усынылған. Академиялық мағлыўматнамада өзлестирилген пәнлер дизими, тапсырылған курс жумыслары, әмелият өтилгенлиги, жуўмақлаўшы аттестация нәтийжелери ҳәм тағы басқалар көрсетиледи.
Бул ҳүжжетлер бланкалары компьютерде толтырылады ҳәм ешейин тарқатылады (дубликат бериў жағдайлары буған кирмейди). Дипломлардың бумвинил қаплары жасалма териден таярланғанына алмастырылады.
Ҳәр бир дипломның ишине индивидуал QR-код қойылады. QR-код қойыў системасы ҳәм оның дәстүрий тәмийнаты үш ай мүддетте ислеп шығылады. Бул шара диплом ҳәм оның қосымшасында бар мағлыўматларды алыў имканын кеңейтеди және мәмлекетимиз дипломлары формасын алдағы шет ел әмелиятында пайдаланып атырғанына жақынластырады. Ҳүжжет Нызам ҳүжжетлери мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 2019-жылдың 20-июль сәнесинен күшке кирди.
 
    2019-07-23 16:59:09 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine