Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Joqarı bilimlendiriw mashqalaları dodalandı



Derek: karakalpakstan.uz
 
Усы жыл 3-февраль күни  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде кеңейтилген Президиум мәжилиси болып өтти. Бүгинги күни республикамызда 9 жоқары оқыў орнында 28 мың 584 студент билим алмақта. Оларға 1 мың 649 профессор-оқытыўшы, соннан 70 илим докторы, 461 илим кандидаты, 207 үлкен оқытыўшы, 940 ассистент-оқытыўшы билим бермекте.
Күн тәртибинде республикамыздағы жоқары оқыў орынларында  өткен жылы әмелге асырылған жумыслардың жуўмағы ҳәм быйылғы жылға белгиленген ўазыйпалар қаралды.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша жоқары оқыў орынларының басшылары депутатлар алдын есап бериўлери тийис. Сонлықтанда, республикамызда ҳәрекет етип турған жоқары оқыў орынларында өткен жылы әмелге асырылған жумыслардың барысы Жоқарғы Кеңес тәрепинен дүзилген Депутатлық жумысшы топар тәрепинен үйренип шығылды.
Үйрениў барысында бир қатар кемшиликлердиң орын алып атырғанлығы атап өтилди. Атап айтқанда, жетекши оқыў орынларымыздың Өзбекстан жоқары оқыў орынлары арасында рейтинг көрсеткиши төменлеп кеткен. Профессор-оқытыўшылардың мәлимлеме-коммуникация технологияларын, шет тиллерин өзлерстириў дәрежеси талапқа жуўап бермейди. Студентлерди сабақлықлар, оқыў қолланбалары, жатақхана менен тәмийинлеўде, питкериўшилерди қәнигелиги бойынша жумысқа орналастырыўда, әмелиятларды өтеўде машқалалар бар екенлиги сынға алынды.
Илажда жоқары оқыў орынларының ректорлары, филиаллардың директорларының мәлимлемелери тыңланды. «Жол картасы»нда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, атап өтилген кемшиликлерден тийисли жуўмақ шығарыў бойынша қарар қабыл етилди.
 
 
    2020-02-05 16:17:14 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine