Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Joqarǵı Keńes baslıǵı Qıtay delegaciyasın qabılladı



Derek: kknews.uz
 
Жақында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов Қытайдың «Kaiteng Investment Group» Тяньцзинь инвестициялық корпорациясының президенти Би Лянь басшылығындағы делегацияны қабыл етти.
Өзбекстанның  Қытай  Халық Республикасындағы елшиханасы, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң басламасы менен «Қарақалпақстан Республикасының Бозатаў ҳәм Тахтакөпир районларында заманагөй аўыл хожалығы илимий техникалық паркин, соның ишинде, 20 мың бас қара малға мөлшерленген шарўашылық кластерин шөлкемлестириў» жойбарын әмелге асырыў режелестирилмекте. Ушырасыўда усы жойбардан гөзленген мақсет ҳәм оны әмелге асырыў перспективалары додаланды.
Буннан тысқары жойбарда «Нөкис» еркин экономикалық зонасы аймағында қара маллар ушын аралас от-жем ислеп шығарыў фабрикасын ҳәм ветеринария бойынша илимий-изертлеў орайын шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта. Жойбарды әмелге асырыў барысында улыўма баҳасы 90 миллион долларлық тиккелей инвестиция киргизиў күтилмекте. Бул қаржыларды өзлестириў ҳәм қурылыс жумыслары усы жылдың март айында басланады.
Усы күни «Kaiteng Investment Group» Тяньцзинь инвестициялық корпорациясының Нөкис қаласында компаниясы шөлкемлестирилди ҳәм «Халық банки»нен есап бети ашылды.
 
 
    2020-01-13 13:04:59 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine