Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Jizzaxshılar Moynaqtaǵı járdemshilerge azıq-awqat jiberdi



Derek: kknews.uz
 
Арал теңизиниң қурыған ултанында тоғайлықларды пайда етиў жумысларына Өзбекстанның барлық аймақларынан бир қатар тараў ўәкиллери келип көмеклеспекте.
Жиззақ ўәлаятынан да 150 ден аслам механизатор, тоғай ҳәм аўыл хожалығы, айырықша жағдайлар басқармасының хызметкерлери сексеўил туқымларын жыйнап, егиўде белсендилик көрсетпекте. Ўәлаяттан 25 жоқары өнимли трактор, 4 оқ қарық жарыў, 3 чизель тартыў, суў ҳәм жанармай тасыў техникалары, 11 тиркеме ҳәм 1 автобус ажыратылған.
Жиззақ ўәлаятлық ИИБға тийкарланып «Kun.uz»дың хабар бериўинше, басқарманың жеке қурамы да көмекшилерге өзлериниң азаматлық жәрдемин бериў мақсетинде Арал бойында мийнет етип атырғанларға картошка, гөш, өсимлик майы, мәйек сыяқлы азық-аўқатлық өнимлерди жиберди.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, быйылғы мәўсимде Аралдың қурыған ултанында тоғайлықларды пайда етиў жумыслары 2019-жыл 25-декабрьде басланды. Сексеўил егиў жумыслары бәҳәрге шекем даўам етиўи жобаластырылған.
 
    2020-01-24 12:33:14 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine