Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Jaslar press klubı ótkerildi



Derek: Ádillik ministrligi
 
Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министрлиги тәрепинен жаслар менен ашық сәўбетлесиў, оларды жәмийетимиздиң социал-сиясий турмысына кеңнен тартыў арқалы жәмийетлик белсендилигин асырыў мақсетинде “Жаслар пресс клубы” шөлкемлестирилди.
“Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққында”ғы Нызам менен әдиллик министрлигине жаслардың ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыўға басланыслы жумысларды әмелге асырыў ҳәмде муўапықластырыў, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты жүзеге шығарыўда қатнасыўшы басқа орган ҳәм шөлкемлер менен бирге ислесиў ўәкиллиги берилген.
“Жаслар пресс клубы”на Орайлық бантиң ҚР бас басқармасы, мәмлекетлик салық басқармасы, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Жаслар аўқамының ҚР Кеңеси қатнасты. Илаж даўамында жасларға әдиллик министрлиги искерлиги, әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм алдағы режелер бойынша мағлыўмат берилди.
 
    2019-07-10 14:43:41 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine