Jaslar Awqamı Press-konferenciya ótkerdi
Өзбекстан Республикасының 2017-жыл 25-август күни қабыл етилген «Өзбекстан Республикасы жаслар күнин белгилеў ҳаққында»ғы Нызамға тийкарланып 30-июнь – Өзбекстан Республикасы жаслар күни деп жәрияланған еди. Сол мүнәсибет пенен, Нөкис қаласы «Жаслар орайы»нда «Июнь айы жаслар айлығы» ҳәм 30-июнь Жаслар күниниң ғалаба хабар қуралларында жартылыўында ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң роли атамасына арналған баспасөз конференциясы болып өтти.
Конференция жуўмағында Өзбекстан Жаслар аўқамы тәрепинен бирге ислесиўши ғалаба хабар қураллары ўәкиллерине миннетдаршылық билдирилип, саўғалар тапсырылды.