Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Jańa salıq kodeksi haqqında maǵlıwmat berildi



Derek: karakalpakstan.uz
 
2019-жыл 30-декабрь сәнесинде “Өзбекстан Республикасының Салық кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы қабылланып Салық Кодекси жаңа редакцияда қабыл етилди.
Нөкис қаласы Жаслар орайы мәжлислер залында  Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик Салық басқармасы менен биргеликте 2019-жыл даўамында алып барылған жумыслар ҳәм алдағы ўазыйпалар, сондай-ақ, Салық нызамшылығындағы жаңа өзгерислер темасында баспасөз конференциясы болып өтти.
Баспасөз конференцияда тийсли қәнигелер тәрепинен Өзбекстан Республикасының Салық кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамның мазмун-мәниси, жаңа редакция тийкарында артықша төленген салықларды қайтарып алыў тәртиби, исбилерменлик субьектлери ушын тексериў түрлери, физикалық шахслар ушын жаңа өзгерислер, арнаўлы салық режимлериниң бийкар етилиўи ҳаққында мағлыўматлар берилди.
 
    2020-01-23 13:33:12 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine