Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

И.В.Савицкий музейиниң жумыслары бойынша пикир ҳәм усыныслар билдириўге болады



Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры кең жәмийетшиликке Өзбекстанның үш музейиндеги машқалаларды анықлаўды усыныс етти. Олардың арасында пайтахтымыз Нөкис қаласында жайласқан И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы көркем өнер музейи де бар, деп хабар берди Қарақалпақстан хабар агентлиги.
Музейдеги машқалаларды шешиў бойынша кемшилик және усынысларды 13-ноябрьден баслап Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорының Facebook ҳәм Instagram социаллық тармақларындағы арнаўлы бетлеринде жазып қалдырыў мүмкин болды.
Қор тәрепинен усыныс етилип атырған хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм музейлерге саяхатлардың санын көбейтиў ушын бир неше илажлар әмелге асырылыўы жобаластырылған.
 
    2018-11-15 16:44:49 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine