Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ислам Каримов фонды жаңа таңлаў жәриялады



Ислам Каримов атындағы Республика қайырхомлық фонды Россия, Европа ҳәм Америка қурама штатлары жоқары оқыў орынларының магистратура басқышында оқыў ушын Фонд грантларын бериў бойынша таңлаў жәриялайды.
Буның ушын талабан Тәбийий пәнлер (қайта тиклениўши энергия дереклери, химия);
Суў ҳәм жер ресурсларын басқарыў; Машинасазлық технологиялары; Азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм технологиялары; Азық-аўқат ислеп шығарыў ҳәм маркетинги; Архитектура (қала қурылысы, тарийхый имаратларды қорғаў ҳәм қайта тиклеў); Дизайн (өним дизайни, көркем-өнер ҳәм архитектуралық дизайн); Сүўретшилик бойынша билим алған (ямаса ҳәзирги ўақытта билим алып атырған) болыўлары шәрт.
Таңлаўда Өзбекистанда ҳәм шет ел жоқары оқыў орынларының соңғы басқышында оқып атырған ямаса табыслы тамамлаған, шет тиллерин толық билетуғын талантлы жигит-қызлар қатнасыўы мүмкин.
Фонд грантын алыўды қәлеўши талабанларға төмендеги тийкарғы талаплар қойылады:
Жумысын миллий ғәрезсизлик идеяларына бағышлаў, Ўатаны ҳәм халқының экономикалық ҳәм руўҳый раўажланыўына хызмет етиўди өзиниң миннети ҳәм өмирлик кәсиби деп билиў;
Улыўмалық ҳәм миллий қәдириятлар руўҳында пикир жүритиў, кең дүньяқарас ҳәм жоқары әдеп ийеси болыўы;
Таңлаған қәнийгелиги бойынша терең билимге ийе болыўы ҳәм кеминде бир шет тилин жақсы дәрежеде билиўи керек.
Ҳүжжетлер 2017-жыл 6-ноябрьден 17-ноябрьге шекем Фондтың сайтына (fondkarimov.uz) электрон көринисте жибериледи. Талап етилген ҳүжжетлер, таңлаў шәртлери, мүддетлери ҳаққында қосымша мағлыўматларды Ташкент қаласы, Мирзо Улуғбек районы, Мовароуннаҳр көшеси 24-үйден ямаса +99871 237 3420; 237 3813 телефон номерлеринен ҳәм Telegram мессенжериндеги бөлек канал  (@fondkarimov) арқалы алыўлары мүмкин.
 
Фото: Ислам Каримов атындағы фонд логотипи
 
    2017-10-26 12:45:56 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine