Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ишки ислер министрлиги академиялық лицейлерине кириў тәртиби белгиленди



Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги академиялық лицейлерине оқыўшыларды қабыл етиўде жазба жумыс (диктант), кандидатлардың физикалық таярлық дәрежесин анықлаў ҳәмде жеке тәртиптеги жуўмақлаўшы сәўбет өткериў тәртиби ҳаққындағы реже Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги мәмлекетлик дизиминен  өткерилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги Telegram каналында хабар берди.
Режеге көре, кандидатларды академиялық лицейге қабыл етиўде өткерилетуғын арнаўлы –профессионал таңлаўдың төмендеги басқышлары белгиленди:
 - кандидатлардың орфографик ҳәм пунктуациялық саўатлылық дәрежесин анықлаў бойынша сынаў – диктант;
 - физикалық таярлық дәрежесин анықлаў бойынша сынаў;
 - жеке тәртиптеги жуўмақлаўшы сәўбет.
Арнаўлы-профессионал таңлаў нәтийжелерине қарап кандидатты тест сынаўларын тапсырыўға жиберилиў мәселеси шешиледи. Таңлаўдың басқышлары қабыллаў жылының 1-июнинен 25-июнине шекем өткериледи. Сондай-ақ, режеде сынаўларды өткериў методикасы ҳәм баҳалаў нормалары да анық белгилеп берилди.
 
    2018-04-09 06:47:27 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine