Исбилерменлерге ең кем ис ҳақының мың есесине шекем муғдарда микрокредит бериледи
Ҳүкимет қарары менен “Микрокредитбанк” акционерлик коммерциялық банки искерлигин шөлкемлестириў ҳәм оның материаллық-техникалық базасын беккемлеў ис-илажлары ҳаққында”ғы қарарға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги хабар берди.
Ендигиден былай микрокредитлер исбилерменликти баслаў ҳәм раўажландырыў (кеңейтириў), соның ишинде ислеп шығарыўды технологиялық үскенелеў ҳәм модернизациялаў ушын заманагөй технологиялық үскенелер ҳәм техникаларды сатып алыўға, сондай-ақ айланба қаржыларды толтырыўға бериледи.
Микрокредитлер исбилерменликти раўажландырыў (кеңейтиў) ҳәм айланба қаржыларды толтырыў ушын киши исбилерменлик субъектлерине (соның ишинде микрофирмалар, киши кәрханаларға), дийхан ҳәм фермер хожалықларына 24 айға шекем мүддет пенен ең кем ис ҳақының 1000 есесине шекем муғдарда бериледи. Алдын бул муғдар 500 есени қураған.