Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Исбилерменлерди тексериў тәртиби жетилистирилди



Ҳүкимет қарары менен Қадағалаўшы органлар лаўазымлы шахсларын исбилерменлик искерлиги субъектлери искерлигин тексериў ҳуқықын бериў бойынша аттестациядан өткериў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
 Режеге көре ендигиден былай исбилерменлерди тексериў тек ғана белгиленген тәртипте аттестациядан өткен хызметкерлер тәрепинен әмелге асырылады.
 Аттестациядан өтиўи керек болған хызметкерлер саны, сондай-ақ, оларға қойылатуғын кәсиплик талаплар ҳәр бир қадағалаўшы орган тәрепинен белгиленеди.
 Хызметкерлер бунда үш жылда кеминде бир рет аттестациядан өткериледи.
 Төмендегилер аттестацияның тийкарғы ўазыйпалары есапланады:
 - жоқары маманлыққа, басламашылыққа, жуўапкершиликке ийе хызметкерлер қатламын анықлаў;
 - хызметкерлердиң кәсип таярлығын, қайта таярлаў ямаса маманлығын асырыў зәрүрлигин анықлаў;
 - исбилерменлер искерлигин тексериўди шөлкемлестириўди жетилистириў ҳәм нәтийжелилигин асырыў;
 - исбилерменлик субъектлери искерлигин тексериў процесинде коррупция жағдайларын сапластырыў ҳәм нызамлылықты тәмийинлеў.
 Аттестация комиссиясы аттестация сапалы ҳәм қалыс өткерилиўи ушын жуўап береди.
 - Алдын исбилерменлик субъектлери искерлигин тексериў ҳуқықын алған, бирақ усы искерликти тексериў менен байланыслы болмаған лаўазымға тайынланған, сондай-ақ усы тараўда нызамшылық бузылыўы мүнәсибети менен бундай ҳуқықтан айрылған хызметкерлер аттестациядан өтиўи керек болған хызметкерлер дизимине киргизилмейди.
 - Аттестациядан өтиўде электрон қурылмалардан, мағлыўматнама, арнаўлы ямаса басқа әдебиятлардан, сондай-ақ ҳәр қандай жазыўлардан пайдаланыў қадаған етиледи. Көрсетилген талаплар бузылған жағдайларда аттестациядан өткерилиўшилер аттестациядан шетлетиледи ҳәм оннан өтпеген деп есапланады.
 - Аттестация комиссиясы тәрепинен аттестациядан өткен хызметкерге арнаўлы гүўалық бериледи.
 - Аттестациядан өтпеген хызметкерге исбилерменлик искерлигин тексериў қадаған етиледи. Қадағалаўшы орган басшысы усы хызметкерди исбилерменлер искерлигин тексериў менен байланыслы болмаған лаўазымға өткериўи мүмкин.
 
Дерек: https://t.me/huqiqiymalimleme
    2018-11-09 16:40:08 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine