Institutta kásiplik imtihanlar baslandı
Derek: kknews.uz
25-июль күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2019-2020-оқыў жылы ушын айырықша қәбилет талап етилетуғын билимлендириў бағдарлары – сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы, музыкалық тәлим ҳәм дене мәденияты бакалавр бағдарларына кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар басланды. Имтиханлардың әдил түрде өтиўи ҳәм баҳаланыўы ушын бирге ислесиўши жоқары оқыў орынларынан қәнигелер, ата-аналар ўәкиллериниң қатнасыўы тәмийинленди.
Кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар усы жылдың 25-июль ҳәм 5-август күнлери аралығында тастыйықланған кесте тийкарында өткериледи.