Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Инновациялық саммитте қанлыкөлши қыз жеңимпаз болды



2018-жыл «Жедел исбилерменлик, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» мүнәсибети менен Ташкент қаласында республикамыздың қала ҳәм районларындағы билимлендириў мәкемелериниң оқыўшы қызлары қатнасында «Girls development summit-2018» атамасындағы  биринши республикалық инновациялық саммити болып өтти.
Саммитте Қанлыкөл районы 1-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериўмектебиниң 10-класс оқыўшысы Оразбаева Зарафшон Еркинбай қызы дақатнасты ҳәм өзиниң қәбилети, қызығыўшаңлығы ҳәм билимлилиги мененинновациялық саммиттиң «Медиа ҳәм журналистика» бағдары бойынша «Ең жақсы блог ушын мақала» номинациясы жеңимпазы болды.
Жеңимпаз Оразбаева Зарафшон Өзбекстан Республикасы Халықбилимлендириў министри И.Инаятов тәрепинен диплом менен сыйлықланды, деп хабар бермекте район ҳәкимлиги.
 
    2018-04-02 12:23:34 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine