Инглис тили бойынша дүньяға белгили америкалы қәниге Пединститутта семинар-тренинг өткерди
Фулбрайт бағдарламасы бойынша Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети жанындағы Шет тиллерин оқытыўдың инновациялық методларын раўажландырыў орайы қәнигеси, америкалы Дэвид Чиеза Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты шет тиллери факультетинде профессор-оқытыўшылар ушын семинар-тренинг өткерди, деп
мәлим етти Қарақалпақстан хабар агентлиги.
Америкалы қәниге студентлердиң прагматикалық билимин раўажландырыў, екинши шет тилин үйрениўди шөлкемлестириў, студентлер менен диалог журналларынан пайдаланыў: социомәдений көз қарас атамаларында семинар өткерип, өз тәжирийбелери менен бөлисти.
Дэвид Чиеза Япония, Қытай, Монголия, Комбоджа, Таиланд сыяқлы мәмлекетлерде инглис тилин оқытыў бойынша үлгили жумысларды алып барған.
Усы күнге шекем Өзбекстанның Әндижан, Наманган ҳәм Бухара ўәлаятларында усындай семинар-тренинглер шөлкемлестирген.