Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Хожелиде төртинши күни де мал базары болады



Бул туўралы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Исбилерменлик орталығын раўажландырыў, экспортқа көмеклесиў ҳәм қоллап-қуўатлаў топарының баслығы Бахтияр Қурбанов хабар бермекте.
– Бул бағдарда «Хожели дийқан базары» ЖШЖ ниң Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине район исбилерменлери менен қарыйдарларының өтиниш-тилеклерин инабатқа алып, жергиликли халықтың той ҳәм басқа да мекрекелерге сатып алынған  шарўа малларын сақлаў имканияты болмағаны себепли районда ҳәр екшемби күни жумыс алып баратуғын шарўа ҳәм шөп базарының ҳәптениң пийшемби күнлери де шөлкемлестирилиўин сораған хатына муўапық район ҳәкиминиң қарары тастыйықланды. Бүгин, 10-май сәнесинен баслап Хожели районлық шарўа базары қосымша пийшемби күнлери де жумыс алып барады.
Мәмлекетлик режени орынлаўда ҳәм нақ пул түсимлерин көтериўде «Хожели дийқан базары» ЖШЖ биринши шерек режесин 100,1% ке орынлағанын ҳәм онда шарўа базарының да салмақлы үлеси бар екенин  атап өтиў орынлы.
 
    2018-05-10 12:39:02 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine