Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Халыққа нейрохирургия жәрдемин көрсетиў раўажланады ҳәм жақсыланады



Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасы халқына қәнийгелестирилген нейрохирургия жәрдемин көрсетиўди еле де раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы №867-санлы қарары қабыл етилди.  
Республика халқына қәнийгелестирилген нейрохирургия жәрдеми көрсетиўди еле де раўажландырыў ҳәм жақсылаў мақсетинде қабылланған қарарға муўапық заманагөй жоқары технологиялық емлеў-диагностика үскенелери бөлимлери ҳәм операция блокларын қурыў жолы менен алдағы жәҳан жетискенликлери дәрежесинде нейрохирургиялық кеселликлер диагностикасы, оларды емлеў ҳәм профилактикасының ең нәтийжели ҳәм жоқары технологиялық усылларынан республика халқының пайдаланыў ҳәм мүтәжлигин қанаатландырыўды тәмийинлеў, басқа бир қанша ислер әмелге асырылады.
Республика қәнийгелестирилген нейрохирургия илимий-әмелий медицина орайы республика халқына нейрохирургия жәрдемин көрсетиў бойынша бас медицина шөлкеми есапланады. Қарарда Орайдың тийкарғы ўазыйпалары санап өтилген.
Қарарда 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасы халқына қәнийгелестирилген нейрохирургия жәрдемин көрсетиўди еле де жетилистириў бойынша комплекс ис-илажлар тастыйықланған.
 
    2017-10-26 08:11:25 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine