Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Халықаралық Қазақстан-Түркия университети профессоры Пед институт студентлерине сабақ өтти



Усы жылдың 7-февраль күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты дене мәденияты факультетинде Хожа Ахмед Яссаўий атындағы Халықаралық Қазақстан-Түркия университети профессоры Шамурат Уразов студентлерге сабақ өтти.
Сабақ даўамында профессор жеңил атлетика ҳәм оның қурамына киретуғын бир неше спорт түрлери бойынша студентлердиң билимлерин беккемледи. Сабақ даўамында студентлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.
Мағлыўмат ушын, Хожа Ахмед Яссаўий атындағы Халықаралық Қазақстан-Түркия университети – Қазақстандағы ең дәслепки ашылған халықаралық жоқары оқыў орны болып, түркий тиллес мәмлекетлер арасында халықаралық абыройға ийе болған, түркий дүньясы жасларын бирлестирген дәслепки билим ҳәм илим орайы болып табылады. ҚХА.
 
    2019-02-11 12:10:03 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine