Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Халық үйлериндеги газ тармақлары ҳәмде газде ислеўши қурылма ҳәм үскене техникалық тексериўден өткериледи



Халық үйлеринде ысытыў системасы ҳәм жанылғы өнимлеринен пайдаланыўды қәўипсизлик талапларына бойсынылыўын тәмийинлеў ис-илажлары ҳаққындағы Ҳүкимет қарары қабыл етилди.
Қарарда айтылыўынша, аймақлардағы көп қабатлы үйлер, жеке тәртиптеги үй-жайларды гүз-қыс мәўсимине сыпатлы таярлаў ҳәмде үйлерди ысытыўда тәбийғий ҳәм суйылтылған газ, қатты жанылғыдан пайдаланыўда қәўипсизликти тәмийинлеў қағыйдаларына бойсынбаў жағдайлары ушрап турады.
Ақыбетинде халық үйлеринде өрт келип шығыўы ямаса ийисли газден зәҳәрлениў жағдайлары жүз берип, инсанлардың өмири ҳәм ден-саўлығына қатаң зыян келтирилмекте. Көбинесе өлим менен тамамланатуғын ҳәмде материаллық зыян менен жуўмақланатуғын бахытсыз ҳәдийселерге себеп болмақта.
Олардың көпшилик  бөлеги, табийий газ ҳәм альтернатив жанылғы түрлеринен ҳәмде ысытыў печьлеринен пайдаланыўда техникалық ҳәм өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына бойсынбағанлығы, тәбийий газ тармағына надурыс жалғаныў, ысытыў мақсетинде бар болған газ плиталарын жағып қойыў ҳәм бөлмелер ишинде ашық жалыннан пайдаланыў ҳәмде дүдборанлардың насазлығы ақыбетинде келип шықпақта.
Қарарға муўапық, халық үйлеринде ысытыў системасы ҳәм жанылғы өнимлеринен пайдаланыўда қәўипсизлик талапларына бойсынылыўын үйрениў ҳәм бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыўға байланыслы усыныслар таярлаў бойынша Республика комиссиясы ҳәм аймақлық комиссиялар шөлкемлестирилди ҳәм олардың ўазыйпалары белгиленди.
Қарар менен халық үйлериниң ишки газ тармақлары ҳәмде газда ислеўши қурылма ҳәм үскенелери төмендеги муддетлерде техникалық көриктен өткериледи ҳәм оларға профилактикалық хызмети көрсетиледи:
- көп квартиралы үйлердеги газ плиталары (басқа газ приборлары бар болмағанда) – еки жылда бир мәрте;
 - турақ жайлардағы газ плиталары, ысытыў, суў ысытыў приборлары – бир жылда бир мәрте, профилактикалық хызмет көрсетиў – ҳәр жылғы ысытыў мәўсими басланыўынан алдын;
 - турақ жайлардағы дүдборанлар ҳәм вентиляция каналларын – ҳәр жылғы ысытыў мәўсиминен алдын тексерип, олардың сазлығын тийисли дәлалатнамалар менен дизимге алыў.
Сондай-ақ, қарарға муўапық Мәмлекетлик салық комитети қолдан жасалған стандарт емес ысытыў қурылмаларын ислеп шығарыў ҳәмде олардың базарлар ҳәм турли саўда шақапларында сатылыўының алдын алыў бойынша қатаң илажлар көреди.
 
Дерек: https://t.me/huqiqiymalimleme
    2018-11-05 10:12:06 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine