Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Гүлнур - Өзбекстан чемпионы, Нурсулыўда қола медаль



Усы жылдың 22-25-январь күнлери Наўайы ўәлаятында кураш бойынша еркеклер ҳәм ҳаял-қызлар арасында Өзбекстан Республикасы чемпионаты болып өтти. Оған республикамыздың барлық жерлеринен 500 ден аслам спортшы қатнасты.
Мәмлекет көлеминде өткерилген бул жарыста Қарақалпақстан сайланды командасы қурамында 19 палўан беллесиўлер алып барды. Жарыстың 48 кг салмақ категориясында гилемге шыққан жерлесимиз Гүлнур Муратбаева барлық қарсыласларын жығып, биринши орынды жеңип алды.Ол бул нәтийжеси менен усы жылдың ноябрь айында өткерилетуғын жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизди. Гүлнурдың бул табысында тренери Байрам Сатуллаев ҳәм республикамыз сайланды командасы бас тренери Айбек Халиковтың мийнетлери салмақлы болды
Сондай-ақ, 87 кг салмақта гүреске түскен және бир палўан қыз Нурсулыў Жумамуратова чемпионаттын қола медалын қолға киргизди. Бул спортшыны жарысқа устазы, халықаралық дәрежедеги төреши Нөкисбай Дәнияров таярлады.
Дерек: zaman.uz
 
    2019-01-28 11:28:08 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine