Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

ǴXQ wákilleri mámleketlik biosfera rezervatına sayaxat etti



Derek: kknews.uz
 
Германия халықаралық бирге ислесиў шөлкеминиң Өзбекстандағы ўәкилханасы тәрепинен Журналистлерди қайта таярлаў орайы менен биргеликте ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын «Экосистемаларды сақлаў мақсетинде жәмийеттиң экологиялық мәдениятын арттырыўда ҒХҚ роли» жойбары шеңберинде Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерватына медиасаяхат шөлкемлестирилди.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2011-жыл 26-августтағы қарарына муўапық шөлкемлестирилген Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты Беруний ҳәм Әмиўдәрья районлары аймағында жайласқан болып,  жәми 68 мың 717 гектар жер майданы ажыратылған. Соннан, 11 мың 568 гектары қорықхана зонасына, 6 мың 731 гектары буфер зонаға, 50 мың 418  гектар аралық зонаға киргизилип берилген.
Журналистлер бул жерде әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.
Ғалаба хабар қуралларында жәрияланған материаллар арқалы халқымыздың, әсиресе, жасларымыздың экологиялық билимлерин жетилистириў, олардың ана тәбиятқа болған көзқарасын унамлы тәрепке өзгертиў ҳәм оны биргеликте сақлап қалыўға шақырыўдан ибарат.
 
    2019-11-05 16:35:56 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine