Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Gúlaysha Esemuratova 90 jasta



Derek: karsu.uz
 
Қарақалпақ әдебиятының раўажланыўына өзиниң салмақлы үлесин қосқан белгили жазыўшы, әдиўли устаз, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Гүлайша Есемуратова быйыл 90 жасқа толды.
Усы мүнәсибет пенен усы жылдың 18-февраль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети мәденият сарайында әдебий кеше шөлкемлестирилди.
Кешеде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Даўытбай Қурбаниязов сөзге шығып, юбилярға арналған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң қутлықлаўын оқып еситтирди ҳәм Г.Есемуратоваға «Ардақлы нураный» көкирек белгисин тапсырды. Г.Есемуратова өзиниң өткир дөретиўшилик қәбилети менен қарақалпақ әдебияттаныў илиминиң де раўажланыўына салмақлы үлес қосты. Оның терең мазмунға ийе бир қанша гүрриңлери, повестлери ҳәм романлары студент-жаслар ушын сабақлық ҳәм оқыў қолланбаларынан орын алды.
 
    2020-02-19 16:09:57 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine