Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

GM Uzbekistan тәрепинен Tracker автомобили жыйналды



GM Uzbekistan АЖ GM Korea менен биргеликте компанияның Ташкент қаласындағы филиалында Tracker моделин ири узелли жыйнаў ислерин алып бармақта. Бул ҳаққында компания хабарында айтылады.
Бул модельди ислеп шығарыўды әмелге асырыў, сондай-ақ, Ташкент қаласындағы GM Uzbekistan филиалына үскене ҳәм аўысық бөлеклерин жеткерип бериў ушын GM Uzbekistan ҳәм GM Korea ортасында бир қанша шәртнамалар тастыйықланған. Сынаў ислеп шығарыў шеңберинде ҳәзирги ўақытта  28 дана Tracker автомобили жыйналды.
Компанияның мәлим етиўинше, Tracker автомобилин дәслепки ири узелли жыйнаў табыслы әмелге асырылды. Ғалаба ислеп шығарыў жолға қойылыўы сәнеси, сондай-ақ, автомобиль қәсийетлери ҳәм баҳалары ҳаққында толық мағлыўмат барлық ислеп шығарыў процесси жолға қойылғанынан соң бериледи.
Еслетип өтемиз, алдынырақ Өзбекстанда ислеп шығарылған Chevrolet Tracker’диң биринши сүўретлери усынылған еди.
    2018-10-18 14:51:57 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine