GM Uzbekistan: Ravon автомобиллериниң қайтарып алыныўы Өзбекстан базарында сатылып атырған моделлерге тийисли емес
GM Uzbekistan компаниясы «Росстандарт»тың Россияда 5219 дана Ravon Nexia R3 автомобили оңлаў ушын қайтарып алыныўы ҳаққындағы мәлимлемеге рәсмий түсиник берди, деп жазады «Podrobno.uz».
Компаниядан мәлим етиўинше, тек ғана Россияда сатылып атырған ҳәм пайдаланып атырған R3 моделлери қайтарып алынады.
«Шығарыў шлангасының орнынан қозғалыў итималлығы Россия ықлым шәраятларында қыс ўақтында пәс температурада пайдаланыў қәсийетлери менен түсиндириледи», - деген Ravon Motors Rus ўәкилханасында.
Алдынырақ машиналарда гидравлик суйықлық ағыўына себеп болыўы мүмкин болған насазлық анықланған еди.
Транспорт қуралларында руль басқарыўы системасындағы шлангаға еки қосымша хомут орнатылады. Барлық оңлаў жумыслары бийпул әмелге асырылады.