Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

GM Uzbekistan​ машина баҳаларын түсире ме? Айдынлық киритилди



Алдын хабар бергенимиздей, Президент қарарына бола, GM Uzbekistan АЖ жеңил автомобиллери ушын акциз салығы ставкасы 2018-жылда 5%ке түсирилди. Бул ставка 2017-жылы 27%ти қурайтуғын еди. Бул акциз салығының 2018-жылда 5%ке түсирилгени машина баҳасына тәсир ете ме жоқ па, мине бул сораўға kun.uz жуўап изледи. Басылым компания менен байланысып, нәтийжеде төмендеги жуўмақты шығарды:
Акциз салығының түсирилиўи машина баҳасына тәсир тийгизбейди. Әпиўайы етип айтқанда, GM Uzbekistan​ АЖ жеңил автомобиллерине акциз салығы ставкасының түсирилиўи менен жәмийет тәрепинен ислеп шығарылыўы нәзерде тутылған автомобиль баҳасы төменлемейди. Себеби, 2017-жыл сентябрь айының биринши күнлеринен баслап, Өзбекистанда сырт ел валюта қаржыларын либералласыўы процесси басланған ҳәм ҳәзирге шекем даўам етпекте.
Ҳәр бир тараўда гүзетилгени сыяқлы, GM Uzbekistan АЖ өнимлерин ислеп шығарыў ушын шет елден алып келиниўи зәрүр болған аўысық бөлеклери, шийки зат қуралларының баҳа сиясатында шет ел валютасының сўмға болған қунына  қарап өзгерип турады. Сонлықтан, жеңил автомобиль акциз салығы 5% етип белгилениўи валюта либералласыўы процессинде миллий машинасазлық кәрханасын зыянсыз сақлап қалыў ушын қаратылған илажлардан бири есапланады. Ҳәзирги ўақытта, ислеп шығарылыўы нәзерде тутылған жеңил автомобиллердиң жаңаланған баҳасы көтерилместен, олардың акциз салығы түсирилген.
 
    2018-01-08 12:32:23 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine