Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Гандболдың тур ойынлары өткериледи



Спорттың гандбол түри бойынша  2003-2004-жыллары ҳәм  2005-2006-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Қарақалпақстан Республикалық чемпионаты өткерилиўи режелестирилмекте.
Чемпионаттың биринши тур ойынлары 4-6-май күнлери пайтахтымыздағы ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде, екинши тур ойынлары 29-31-май күнлери Шымбай районында, үшинши тур ойынлар Мойнақ районында, төртинши финал ойынлары усы жыл 28-29-июль күнлери   пайтахтымыздағы ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде өткериледи. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги мәлим етти.
 
    2018-05-02 11:27:23 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine