Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Ǵalaba xabar quralları xızmetkerleri ushin oqıw kurs



Өзбекстан журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар университети ҳәм Германияның Deutsche Welle Akademieсы шөлкемлестириўинде 25-27-октябрь күнлери аралығында Ташкент ўәлаятының Бостанлық районында Ғалаба хабар қуралларының менеджерлери ҳәм журналистлери ушын Медиаменеджмент ҳәм журналистика мектеби бойынша 3 күнлик семинар өткерилди. Бул Өзбекстанда биринши мәрте өткерилип атырған мектеп.

Медиаменеджмент бағдарындағы биринши үш күнлик курс «Медиа ушын нәтийжели бизнес стратегия жаратыў» атамасында өткерилди.

Ал журналистика бағдарында болса «Аудитория ушын қызықлы болған контент жаратыў» курсы өткерилди. 

Бул мектепте «Жаслар-ТВ» телеканалының хызметкерлери де қатнасты
Медиа-менеджмент бағдарындағы курсларды медиа-эксперт Галина Малишевская да өтти.
Журналистика бағдары бойынша тренерлер сыпатында курсты Беларусьтың Гродно қаласындағы заманагөй журналистика мектебиниң тийкарын салыўшысы ҳәм баслығы Витаут Рудник ҳәм Өзбекстан Республикасы заманагөй журналистиканы раўажландырыў Орайы баслығы Саида Сулеймановалар алып барды. Журналистика бағдарындағы сабақларда медиа контент критериялары, ҳәзирги ўақытта талап жоқары болған медиа контент түрлери, мағлыўмат топлаў, оны ислеў, жумыс режеси, баслы нәўбетте ислеў керек болған жумыслар, режелестириў,  тема таңлаў өзгешеликлери ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Бул шөлкемлестирилген медиа мектеп 3 айлық болып, енди алдағы еки ай ишинде 2 курс өтиледи.
 
    2019-10-29 16:27:42 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine