Фото: Наманганда 400 машинадан рәмзий арша исленди. ЖҲҚБ автомобиллери оның жулдызы болды
Наманган қаласындағы атшабар аймағында Жаңа жыл флешмобы өткерилди: 400 автомобильден арша исленди. Бул ҳаққында daryo.uz хабар берди.
Флешмобты шөлкемлестирген «Водители Намангана» топары администраторы Максим Семаевтиң айтыўынша, төрт яруслы аршаны ислеў ушын ипподром аймағында қәнигелер жәрдеминде алдыннан контурлар сызып алынған.
23-декабрь күни саат 14:00 де басланған флешмоб саат 19:00лерге келип табыслы жуўмақланды.
400 автомобильден арша ҳәм оның ишинде «2019» жазыўы пайда етилди. ЖҲҚБ автомобиллери болса оның өзине жараса жулдызы болды.
Семаевтиң айтыўынша, жойбар Өзбекстан, улыўма Орайлық Азияда биринши мәрте әмелге асырылды.
Оның әмелге асыўына топарға ўәлаят ҳәкимлиги, ўәлаят ИИБ ЖҲҚБ, «Ватанпарвар» шөлкеми, Намангандағы басқа автоклублар жақыннан көмек берген.