Физикалық шахсларға шегарадан техника ҳәм ыдысларды тек ғана ярым жылда бир мәрте алып кириўге рухсат берилди
2018-жыл 17-октябрьден баслап Өзбекстан физикалық шахслар тәрепинен товарлардың 21 түрин мәмлекет шегарасының автожол (жолаўшы), темир жол ҳәм дәрья өткериў пунктлери арқалы бажсыз алып кириў дәўирлилиги (период) кескин көбейтти (Министрлер Кабинетиниң 16.10.2018-жылдағы 828-санлы қарары).
Өзгерислер Алып өтиўдиң муғдар нормаларына киритилди (Министрлер Кабинетиниң 22.06.2018-жылдағы 463-санлы қарарына қосымша).
norma.uz’дың жазыўынша, алдын пуқаралар бир айда бир мәрте шегаралас мәмлекетлер менен шегара арқалы хожалық ҳәм компьютер техникасынан биреўден ҳәм асхана ыдыслары топламынан биреўден, басқа товарларды (ҳәр бир атамадағы 2 кг, бирақ улыўма аўырлық 10 кг нан аспаўы керек) болса – бир суткада бир мәрте бажыхана төлемлерин төлеместен алып кириўлери мүмкин еди.
Көрсетилген сәнеден баслап техника ҳәм ыдыслар автожол (жолаўшы), темир жол ҳәм дәрья өткериў пунктлери арқалы дәл усындай шәртлерде еркин өткериледи, тек ғана 6 айда бир мәрте, басқа товарлар болса – бир айда бир мәрте.
Ҳүжжет 2018-жыл 17-октябрьден күшке кирди.