Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Физикалық шахслар да алтын қазып алыўы мүмкин



Қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў искерлигин әмелге асырыў ушын шәрт-шараятлар жаратыў ис-илажлары ҳаққындағы Президент қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, 2019-жыл 1-мартдан баслап:
 - исбилерменлик тәўекелшилиги тийкарында қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў искерлиги енгизиледи;
 - қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў искерлиги жер қатламынан пайдаланыўдың айырықша түри есапланады ҳәм ол жер қатламы участкаларында әмелге асырылады;
 - усы искерликти әмелге асырыў ушын жер қатламы участкалары, соның ишинде өлшемлери 1 гектардан артық болмаған шашылма алтын кәнлери усынылады;
 - жер қатламы участкаларынан пайдаланыў ҳуқықы ушын лицензия бериледи, бунда қымбат баҳалы ҳәм кем ушырасатуғын металлар, қымбат баҳалы тасларды қазып алыў ҳуқықына айырықша лицензия алыў талап етилмейди;
 - Жер қатламы участкаларынан пайдаланыў ҳуқықы ушын лицензияларға физикалық ҳәм юридикалық шахслар талапкер болыўы мүмкин;
 - лицензия Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети тәрепинен “E-IJRO AUKSION” электрон саўда майданшасындағы электрон аукцион жуўмақлары бойынша 3 жыл мүддетке бериледи;
 - электрон аукционды өткериў ҳәм усы қарарға муўапық лицензияны бериўдиң улыўма мүддети “E-IJRO AUKSION” электрон саўда майданшасында әмелге асырылатуғын барлық процесслерди өз ишине алған ҳалда, киргизилмеген ҳалда, 10 күннен аспайды;
 - Жер қатламы участкаларынан пайдаланыў ҳуқықын саўдаға қосыўдың басланғыш баҳасы 7,5 млн.сўмды қурайды;
 - қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыўға руқсат берилетуғын жер қатламы участкалары дизими ҳәр жылы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети усынысы тийкарында Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланады;
 - лицензия ямаса жер қатламы участкасынан (толық ямаса бир бөлегин) пайдаланыў ҳуқықын үшинши шахсларға бериў (тапсырыў), сондай-ақ, бир жер қатламы участкасынан пайдаланыў ҳуқықына лицензияны бир неше шахсқа бериўге жол қойылмайды;
 - усы искерлик пенен шуғылланыўшы шахслардың реестрин жүргизиў ҳәм оларға ажыратылған жер түби участкаларының мәмлекетлик қадағалаўы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети тәрепинен әмелге асырылады;
 - алтын излеўшилер усылында қазып алынған қымбат баҳалы металларды реализация етиў “Олмалиқ кон-металлургия комбинати” АЖ ҳәм “Навоий кон-металлургия комбинати” МКна, сондай-ақ зергерлик буйымлары ислеп шығарыў ушын лицензияға ийе болған юридикалық шахсларға ҳәм жеке исбилерменлерге келисилген баҳаларда әмелге асырылады;
 - қымбатбаҳалы металларды жасырыў, соның ишинде оны 6 ай ишинде реализация қылмаў, сондай-ақ, қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў ўақтында жумысларды қәўипсиз алып барыў талапларының бузылыўы ақыбетинде инсанлардың аўыр дене жарақаты алыўы ямаса өлимине алып келиўи лицензияны бийкәр етиў ҳәм усы искерлик пенен шуғылланыўды бир жыл даўамында шеклеў ушын тийкар болады;
 - қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў искерлигин әмелге асырыў ушын берилген жер қатламы участкасынан пайдаланыў ҳуқықы сапластырылғаннан соң, жер қатламынан пайдаланыўшылар жуўапкершилигине жер қатламы участкаларын рекультивация етиў ҳәм оларды кейинала пайдаланыў ушын жарамлы жағдайға келтириў мәжбүрияты жүкленеди.
Сол искерликти усы қарарда белгиленген шәртлерге бойсынған ҳалда әмелге асыратуғын шахслар қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў бөлеги бойынша барлық түрдеги салықлар ҳәм басқа мәжбүрий төлемлерден (бирден-бир социаллық төлемнен тысқары) азат етиледи.
 
Дерек: https://t.me/huqiqiymalimleme
    2018-11-28 12:07:32 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine