Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Әскерий хызметке шақырыў ўақты өзгериўи күтилмекте



Әскерий хызметке шақырыў илажларының жылдың февраль-март айларында өткерилиўи шақырыў ҳәм жыйнаў пунктлери бөлмелеринде белгиленген ыссылық температурасын тәмийинлеўде көплеген қыйыншылық ҳәм қәрежетлердиң артыўына алып келмекте. Бул ҳаққында Қорғаныў министрлиги баспасөз хызмети хабар берди.
Көпшилик жағдайларда қолайсыз ҳаўа райы шараяты мәмлекеттиң алыс аймақларында жасайтуғын пуқараларды өз ўақтында шақырыў ҳәм жыйнаў пунктлерине жетип келиўине тосқынлық етпекте. Сондай-ақ, қыс мәўсиминдеги жоллардың жағдайы алыс аймақларда жасайтуғын пуқаралардың шақырыў илажларында толық қатнасыўын қыйынластырмақта.
«Улыўмалық әскерий миннетлеме ҳәм әскерий хызмет ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы ҳәм тараўға байланыслы нормативлик ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийинлеў, 2019-жыл шақырыўын сапалы өткериў және пуқараларға қолайлықлар жаратыў мақсетинде Қорғаныў министрлиги, әскерий округлар, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимликлери менен биргеликте бир неше жумыслар әмелге асырылды.
Шақырыў илажларын өткериў дәўиринде жылдан-жылға қайталанып киятырған кемшиликлер ҳәм жоқарыда көрсетип өтилген артықша қәрежетлер, сондай-ақ, ең алды менен, пуқараларға қолайлықлар жаратыўды есапқа алған ҳалда Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң 2018-жыл 28-ноябрьде өткерилген кеңейтилген қурамдағы жыйналысында Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев тәрепинен пуқараларды мүддетли әскерий хызметке шақырыў ҳәм белгиленген хызмет мүддетин атқарып болған пуқараларды резервке босатыў мүддетин жылдың февраль-март айларынан март-апрель айларына өткериў усынысы берилген.
Усы тийкарда Қорғаныў министрлиги тәрепинен «Улыўмалық әскерий миннетлеме ҳәм әскерий хызмет ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары ислеп шығылды.
 
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
    2019-02-08 11:25:30 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine