Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Әскерий хызметке шақырыў ўақты өзгерди



Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы пуқараларының мүддетли әскерий хызметти атқарыў тәртибин жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тастыйықланды. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.
Қарарға муўапық, 2019-жылдан шақырылыў мүддетин кешиктириў ҳуқықына ийе болмаған Өзбекстан Республикасының пуқаралары март-апрель айларында мүддетли әскерий хызметке шақырылады, сондай-ақ, мүддетли әскерий хызметти атқарыўға жарамлы және шақырылыў мүддетин кешиктириў ҳәм шақырылыўдан азат етиў ҳуқықына ийе болмаған, быйылғы жылғы шақырыў даўамында Қураллы Күшлер қатарына шақырылмайтуғын пуқаралар мобилизациялық шақырыў резервине алынады.
Буннан гөзленген мақсет, Өзбекстан Республикасы пуқараларын мүддетли әскерий хызметке шақырыў тәртибин еле де жетилистириў ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлерине мүддетли әскерий хызметке шақырылыў дәўиринде шақырыў жасындағы пуқараларға қолайлы шараятлар жаратыў болып табылады.
Ҳүжжетте жазылыўынша, 2018-жылы мүддетли әскерий хызметке шақырылған, әскерий хызметтиң белгиленген мүддетлерин атқарып болған Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң әскерий хызметкерлери 2019-жылдың март-апрель айларында резервке босатылыўы белгиленген.
Мағлыўмат ушын, усы ўақытқа шекем әскерий хызметке шақырыў илажлары жылдың февраль-март айларында өткерип келинген.
 
Қарақалпақстан хабар агентлиги
    2019-02-25 11:29:17 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine