Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Енди туўылғанлықты белгилеў бойынша мәмлекетлик хызмет Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы көрсетиледи



Енди туўылғанлықты белгилеў бойынша мәмлекетлик хызмет Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы орай имаратында жайласқан пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў бөлимлери тәрепинен көрсетиледи. Бул Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқықый мәлимлеме» телеграмм каналында мәлим етилди.
Туўылғанлықты белгилеў бала туўылған жердеги ямаса ата-анасынан бириниң турақлы жасаў орнындағы Мәмлекетлик хызметлер орайында әкеси ямаса анасының өзи келген жағдайда әмелге асырылады және орай хызметкери тәрепинен электрон түрде сораўнама толтырылады.
Сораўнамаға туўылғанлық ҳаққындағы медициналық мағлыўматнама, ата-аналардың шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер, неке дүзилгени ҳаққындағы гүўалық қосымша етилиўи зәрүр.
Мәмлекетлик хызмет ушын әмелдеги ең кем айлық мийнет ҳақының 15 проценти муғдарында, яғный 30 409 сум герб жыйымы өнидириледи.
Орай хызметкери тәрепинен ҳүжжетлер рәсмийлестирилип 2 саатта тийисли ПҲАЖ бөлимлерине усынылады. ПҲАЖ бөлимлери ҳүжжетлерди алғаннан соң 2 жумыс күнинде бала ушын туўылғанлық ҳаққындағы акти жазыўын рәсмийлестиреди және 1 саатта Мәмлекетлик хызметлер орайына жибереди.
 
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги
    2019-02-19 11:30:35 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine