Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Енди ишимлик суўы ушын 100% алдыннан ҳақ төленеди



1-январьдан баслап барлық топар тутыныўшыларына суў тәмийнаты ҳәм суў шығарыў хызметин көрсетиў 100%ли алдыннан ҳақы төлем тийкарында әмелге асырылады. Алдыннан ҳақ төленбеген жағдайда, бул тутыныўшыларға тийисли тәртипте суў тәмийнаты ҳәм суў шығарыў системасынан толық үзиўге шекем болған шаралар көриледи. Бул ҳаққында Өзбекистан Республикасы Президентиниң тийисли пәрманында мағлыўматберилген.
Мәлим етилиўинше, суў тәмийнаты ҳәм суў шығарыў системасынан алдын үзип қойылған шахсларды қайта жалғаўда I топар тутыныўшыларынан ең кем айлық ис ҳақысының еки есеси муғдарында, II ҳәм III топар тутыныўшыларынан ең кем айлық ис ҳақысының он есеси муғдарында төлем қайта жалғаўды әмелге асырған шөлкем есабына қаржыларды өткериў арқалы өндириледи. Тутыныўшы болса суў тутыныўын есапқа алыў үскенелериниң керекли дәрежеде эксплуатацияланыўы ҳәм ислеўи ушын жуўаплы болады.
Мағлыўмат ушын: 2017-жыл 1-декабрьден ең кем айлық ис ҳақы 172 240 сўм
 
    2018-01-04 06:02:34 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine